Our Location
304 North Cardinal St.
Dorchester Center, MA 02124






Хожелиде «Мәлимлеме – китапхана орайы» пайдаланыўға тапсырылды
Бүгин 2023-жыл 18-март күни Хожели районы «Пәрўаз» МПЖ аймағында жайласқан «Мәлимлеме – китапхана орайы»ның ашылыў салтанаты болып өтти. Оған, Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң комитет баслығы З.Реймова, район ҳәкими Ж.Ермашев, сектор басшылары ҳәм нураныйларымыз қатнасты.
Иләжда сөзге шығып сөйлеўшилер Президентимиздиң жаратып берип атырған бәрше имкәниятлары халқымыз тәрепинен жоқары баҳаланып атырғанлығын билдирип, жыйналғанларды жаңа китапхананың ашылыўы менен қызғын қутлықлады. Имәраттың қурылыс жумыслары өз ўақтында қурып питкерилди. Буннан соң, рәмзий ленталар кесилип, мийманларымыз имәраттың ишки шәраятлары менен танысты.